16/02/2026
ҚУРАЛЛАС ДОС
(Аўғаныстан урысындағы еслеўлерден)
Хызмет ўазыйпамыз бойынша сүўретке алыў жумысларын баслаў ушын Дарийха екеўимиз район аймағындағы Арнаўлы инженерлик-қурылыс басқармасы жанындағы қәнигелестирилген тәбиятты тиклеў батальонында болдық. Бул жерде 500 әскер Ўатан алдындағы муқаддес миннетин атқармақта.
Әскерлер сап тартып барар екен, олардың Ана Ўатан ҳаққындағы көтериңки руўхта жаңлатып айтқан қосық қатарлары қәлбимде ўатанға болған шексиз муҳаббат сезимин және де толқытып жиберди. Бул сезимлер маған илҳам бағышлап, жүрегимдеги сөзлерди қағазға түсириўге ийтермеледи.
Ал ,бул сап тартқан әскерлер Жаңа Өзбекстанымызда,тыныш аспан астында жигитлик ўазыйпасын өтеп атырған бахытлы жаслар.
Буннан еки күн бурын районымызда Аўғанстан урысы қатнасыўшыларына бағышланған, урыс тамамланғанының отыз жети жыллығы мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илажы өткерилди.
Бул илажда қатнасқанлар сол қорқынышлы урыс жылларын, аўыр ҳәм машақатлы демлерди, инсан сабыр-тақатын сынақтан өткерген қәўипли ўақыяларды еследи.
1979-1989-жыллар аралығында болып өткен Аўғанстан урысы мыңлаған инсанлар тәғдирине из қалдырған, жүреклерге питпес дәрт салған сынақлы жыллар болып тарийхта мөрленди. Әне, усы аўыр жыллардың тири гүўасы, мәртлик ҳәм жигерлилик тымсалы болған инсанлардың бири -жерлесимиз қазақдәрялы Ғафурқасым Идирисов.
Ол 1986-жылы әскерий миннетин атқарыў ушын Аўғанстанның Газли қаласына жол алған. Сол дәўирдеги урыста Өзбекстаннан 65 мың әскер қатнасқан болса, 3 мың 500 жаўынгер Қарақалпақстан перзентлери еди. Мойнақ районынан болса 37 жигит урыс майданына атланған.
Тилекке қарсы, Қарақалпақстаннан қатнасқан әскерлер арасынан сексен тоғыз жигит хызмет ўазыйпасын орынлап атырған ўақытта қайтыс болды. Бул сан артында қанша аналардың көзинде қалған жас, қанша шаңарақлардың аянышлы тәғдири жатады...
Ғафурқасым аға менен сәўбетлескенимизде, ол сол жылларды аўыр гүрсинип , бираз ентигиңкиреп еследи.
"Бир күнде он еки темир табытты көзим менен көрдим.
Олардың үстинде ҚҚАССР деген жазыўды оқып жүгирип барғанымды билмей қалдым. Демек, және Қарақалпақ диярына қураллас досларымыздың жансыз денелери жиберилип атыр.
Бул ўақыялар болса мениң жүрегимди жарып жибергендей ,зуў еткен ишимдеги үзилисти тил менен түсиндириў қыйын".
Ол ойға шүмип бираз үнсизликке ғарқ болды.
Ол урыста жеңил жарақат алып, жарақатланған жаўынгерлердиң операциясына қатнасып, гейбиреўлери қолында жан бергенлери, өз қоллары менен небир жас жигитлердиң жансыз денелерин елине қайтарыў ушын таярлап темир табытға салғанлары бирме-бир көз алдында өтип атырғаны анық еди.
Инсан өмири даўамында түрли дослар арттырады. Класлас, студентлик дәўирдеги сырлас дослар... Бирақ
Ғафурқасым ағаның "Қураллы дос" деген сөзи пүткиллей басқаша мәнис пенен, қорқыныш сезимин берер екен.
Бул сөзде өлим ҳәм өмир арасында бир-бирине сүйенген дослар тәғдири жәмленген.
Мен оннан урыс даўамында қайтыс болған ең жақын досты ким ,сол ҳаққында сорадым. Ғафурқасым аға бир майдан үнсизликке батты. Оның көзлеринде ериксиз жас мойншақ киби дизиле келип,
өтмиштиң аўыр еслеўлерин ашып берди.
" Шымбайлы достым Тайыр...
Ол жүдә ақ кеўил, мийримли жигит еди. Оның жансыз денесин өз қолым менен темир табытқа салдым.
Бул мен ушын өмиримдеги ең аўыр мәўритлерден бири болды.
Себеби, мен Тайырды өзиме жүдә жақын көретуғын едим" - дейди ол дирилдеген даўысы менен.
Ғафурқасым аға қайтыс болған жаўынгерлердиң аналарын да үлкен ҳүрмет пенен еслеп,
"Дүньядағы ең мәрт инсанлар - бул аналар. Олар қаҳарман перзентлерди тәрбиялап кәмалға келтиреди.
Мен Ана деген муқаддес зат алдында бәрқулла тәжим етемен"-
деди ол.
Ғафурқасым аға бүгинги тыныш ҳәм парахат турмысты мақтаныш пенен айтты.
Оның даўысында өмирди қәдирлеў, тынышлықты сақлаўға болған шексиз исеним жаңлады.
- "Урыс деген бәле ҳеш қашан тәкирарланбасын. Перзентлеримиз қуралдан атылған сести емес, бахыт ҳәм тынышлық сеслерин еситип өссин"- деди сөзин жуўмақлап.
Бул сөзлер жүреклерге аўыр бататуғын болса да, оларда уллы ҳақыйқат жәмленген.
Себеби тынышлық - инсанға берилген ең уллы бахыт.
✍ Сахипжамал Шаддинова
Журналист.
2026-жыл 16-февраль.