kruz.uz

kruz.uz Contact information, map and directions, contact form, opening hours, services, ratings, photos, videos and announcements from kruz.uz, News & Media Website, Nukus.

Қарақалпақстандағы заправкалар үзликсиз ислейди — Энергетика министрлигиМинистрлик Қарақалпақстандағы метан заправкалард...
26/02/2026

Қарақалпақстандағы заправкалар үзликсиз ислейди — Энергетика министрлиги

Министрлик Қарақалпақстандағы метан заправкалардың жумысы ўақытша шекленетуғыны ҳаққындағы хабарлардан соң баянат пенен шығып, магистрал газ қубырларында басым бир қәлипте екенин, барлық аймақлардағы метан заправкалар үзликсиз жумыс алып баратуғынын билдирди.

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

Жаңа Chevrolet Damas сатыўына старт берилдиUzAuto Motors жаңа Chevrolet Damas Max ҳәм Chevrolet Damas Move моделлери ушы...
16/02/2026

Жаңа Chevrolet Damas сатыўына старт берилди

UzAuto Motors жаңа Chevrolet Damas Max ҳәм Chevrolet Damas Move моделлери ушын шәртнама дүзиўди баслады.

Мағлыўматларды UzAuto Motors’тың +998781417777 номери яки https://chevrolet.uz/damas-max-move силтемесинен алыў мүмкин.

Баҳалары:

DAMAS MAX VAN 1.2 LV0 ➖ 134 439 000 сом;

DAMAS MAX VAN 1.5 LV0 ➖ 142 471 000 сом;

DAMAS MOVE  PAS 1.2 LV0 ➖ 139 675 000 сом;

DAMAS MOVE  PAS 1.2 LV1 ➖ 144 563 000 сом;

DAMAS MOVE  PAS 1.5 LV0 ➖ 149 011 000 сом;

DAMAS MOVE  PAS 1.5 LV1 ➖ 154 128 000 сом

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

 #Тайынлаў Өсербай Казакбаев - Қарақалпақстан Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тайынланды.Тайынла...
14/01/2026

#Тайынлаў

Өсербай Казакбаев - Қарақалпақстан Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем ол  бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп келген.

👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

💰 Uzbekistan Airways студентлерге 50 процентлик шегирме жәриялады▪️ Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары ст...
13/12/2025

💰 Uzbekistan Airways студентлерге 50 процентлик шегирме жәриялады

▪️ Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлери ушын 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 11-январьға шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардвң эконом класс авиабилетлерине 50 процентке шекем шегирме бериледи.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

🚃Студентлер ушын поезд билетлерине де 50 процентлик шегирме жәрияланды🚃Республика жоқары оқыў орынларында билим алып аты...
13/12/2025

🚃Студентлер ушын поезд билетлерине де 50 процентлик шегирме жәрияланды

🚃Республика жоқары оқыў орынларында билим алып атырған студентлерге қысқы дем алыс даўамында жергиликли жөнелислердеги қатнаўлар ушын шегирмелер жәрияланды.

Бунда барлық жергиликли жөнелистеги жолаўшы поездларының темир жол ҳүжжетиниң толық баҳасынан 50% шегирме 2025-жыл 18-декабрьден 2026-жыл 12-январьға шекем әмел етеди.

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

❗️«Метан заправкалар»дың жумысына ўақытша шеклеў киргизилмектеБул жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген жоба-графиклер...
11/12/2025

❗️«Метан заправкалар»дың жумысына ўақытша шеклеў киргизилмекте

Бул жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген жоба-графиклер тийкарында жолға қойылады.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

💼 Министрлер Кеңеси баслығына жаңа орынбасар тайынландыАлланиязов Алишер Юлдашбаевич Қарақалпақстан Республикасы Министр...
09/12/2025

💼 Министрлер Кеңеси баслығына жаңа орынбасар тайынланды

Алланиязов Алишер Юлдашбаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

❗️ Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары жумыстан алындыҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийли...
07/11/2025

❗️ Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары жумыстан алынды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлигине муўапық, Дин Аҳмед Нурманов Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары — Экономика ҳәм финанс бөлими баслығы лаўазымынан азат етилди.

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

❗️Нөкис-Үргениш жөнелисиндеги поезд билетлери қымбатладыУсы жылдың 22-ноябрь сәнесинен баслап 6354-6353-санлы Нөкис-Үрге...
07/11/2025

❗️Нөкис-Үргениш жөнелисиндеги поезд билетлери қымбатлады

Усы жылдың 22-ноябрь сәнесинен баслап 6354-6353-санлы Нөкис-Үргениш-Нөкис жөнелисинде қатнаўшы поездлар ушын билет баҳалары төмендегише болады:

Үлкенлер ушын - 40 000 сом;
Балалар ушын - 21 500 сом.

Жаңа тарифлер хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў ҳәм жолаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде енгизилмекте.

✅ 👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

⚡️Қарақалпақстан пахта тапсырыў режесин орынлады 2025-жылғы пахта тапсырыў мәўсиминде республика бойынша 315,2 мың тонна...
25/10/2025

⚡️Қарақалпақстан пахта тапсырыў режесин орынлады

2025-жылғы пахта тапсырыў мәўсиминде республика бойынша 315,2 мың тонна пахта тапсырыў жобаластырылған еди. Пахтакешлер бул көрсеткишти 315,3 мың тонна етип тапсырыў арқалы 100 процентке орынлады.

👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

⛈ Бүгин Қарақалпақстанның айырым аймақларында жаўын жаўадыБүгин Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде жаўын ж...
20/09/2025

⛈ Бүгин Қарақалпақстанның айырым аймақларында жаўын жаўады

Бүгин Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, ҳаўаның температурасы 23-28 градус әтирапында болады.

👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

🚰 «Жер кран»ға есаплағыш орнатыў мәжбүрий боладыҲүкимет қарары менен жер асты суў алыў имаратларын суў есаплаў қураллары...
04/09/2025

🚰 «Жер кран»ға есаплағыш орнатыў мәжбүрий болады

Ҳүкимет қарары менен жер асты суў алыў имаратларын суў есаплаў қураллары менен үскенелеў тәртиби тастыйықланды.

Тийкарғы тәртиплер:

▪️ мәмлекетлик хызмет мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса БИМХП арқалы көрсетиледи;
▪️ суў есаплағыш орнатылмаған имаратлардан пайдаланыў қатаң қадаған етиледи;
▪️ тек ғана Өзбекстан Республикасындағы өлшеў қураллары мәмлекетлик реестрине киргизилген есаплағышлар орнатылады;
▪️ аймақлық гидрогеология станциялары ҳәм салық инспекциялары 10 күн ишинде есаплағышларды дизимнен өткерип, мөрлейди;
▪️ хызмет ушын БЕМниң 50 проценти муғдарында жыйым өндириледи.

👉 .uz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

Address

Nukus
230100

Website

Alerts

Be the first to know and let us send you an email when kruz.uz posts news and promotions. Your email address will not be used for any other purpose, and you can unsubscribe at any time.

Share